08/11/2021
🦠Хеликобактер пилори - киши микрооганизм болып инсан организмине жақсы жууылмаған азық ауқатлар, патас қоллар, бир ыдыс табақтан ауқатланғанда жуғатуғын бактерия болып, асқазанга тусип өткир гастрит, асқазан хәм онеки енли бармақ ишегиниң эрозиясын хәм жара кеселлигин, асқазан рагин шақыратуғын тийкарғы биофактор.
ВОЗдың берген мағлыуматлары бойынша ХБ пилори инфекциясы менен жер шары халқынын 60-80% зыянланған. Инфекцияны тийкарынан инсан 5 жасқа шекем жуқтырған болып, камалга келгенше усы инфекция менен жасап, асказан ишек кеселликлеринин рауажланыуына алып келеди. Дәслепки белгилер карында ауырыулар, иш қатыуы, көңил айныуы иштейиниң төменлеуи, анемия, қурт кеселликлериниң белгилери,баланың өсип рауажланыуының төменлеуи, ал жас өспирим дәуиринде гастрит, эрозия, асқазанда жараның пайда болыуы, витамин В12 анемия, рефлюкс эзофагит, кейиншелик аутоиммун хам атрофик гастритке хәм асқазан рагине алып келеди.
Усындай асқыныулардың алдын алыу хәм емлеу ушын клиникамызда хеликобактер пилори анықлайтуғын ИФА анализи бойынша қандағы сывороткадан суммарный антителаны анықлайтын ең арзан қәуипсиз усыл. Егер сиз ФГДС яки шланганы жутыуға кыйналсаңыз сизге бул ен колайлы анализ, тек төмендеги шәртлерди ислеуиниз керек: 12 саат дауамында спиртли ишимликлер хам темеки өнимлерин кабылламаған болыуыңыз, 3 саат дауамында ауқат жемеген болыуыңыз хәм физикалық ауыр жумыс ислемеген болыуыңыз тийис.
ХБ пилорияга қан тапсырыу ушын көрсетпелер.
1. Қарында ауырыулар, шаншыу, дискомфорт
2 Көңил айныуы, қайыт қылыу, тез тез аш болыу, лоғыу, куйиу хам кекириу.
3 Гастритке, асказан хәм онеки енли бармак ишегиниң эрозиясын хәм жара кеселлигине гуман кылынғанда.
4 Науқас азып кетгенде, жақын ағайин тууысқанларында асқазан раги менен науқасланғанда.
5 Уйде бирге жасайтын тууысқанларында ХБ пилори анықланса.
6 ФГДС яки шланга жута алмаса.
7 Емлеу натийжелеринин эффективлигин анықлауда
8 Витамин В12 жетиспеушилиги анемиясында
9 Атеросклероз, инфаркт хам инсульт кеселиклеринде.
10 Депрессия хәм орайлык нерв системасы кеселликлеринде тийкарғы тексериу усылы. Анализдиң спецификасы хам сезгирлиги 100%.✅